Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

§ 4. Ms access мағлыўматлар базасын басқарыў системасы.

4.1. Microsoft Access жумыс айнасы

Microsoft Access программасын Бас меню арқалы жибериледи, яғный ПускПрограммыMicrosoft Access шертсек, әмелий программа иске түседи ҳәм экранда Access айнасы пайда болады:

Айнаның биринши баслама қатарында әмелий программаның аты Microsoft Access деп жазылады, екинши қатарында болса төмендеги тәртипте меню бөлимлери жайласқан:

Файл Правка Вид Вставка Сервис Окно?

Үшинши (төртинши,...) қатарларда әсбаплар панелиниң (көп жағдайларда Вид менюсиниң Стандарт панелиниң) пиктограммалары жасйласқан. Әсбаплар панелиниң төменги бөлеги жумысшы майдан болады. Жумысшы майданда диалог айнасы пайда болады. Бул айна жәрдеминде биз жаңа МБны дүземиз яки бир МБ ны ашып олар үстинде ислеўимиз мүмкин.

Access айнасы алты объекттен:Таблица, Запрос (сораў), Форма, Отчет (есабат), Макрос ҳәм Модульден турады ҳәм тийкарынан солар менен ис жүритиледи.

Таблица - МБ ның мағлыўматлар сақлайтуғын тийкарғы объекти.

Сораў - МБ дағы мағлыўматтларды тәртиплеў, қыдырыў, фильтрлеў, өзгертиў ҳәм қайта ислеў ўазыйпаларын орынлайды.

Форма - МБ ға жаңа мағлыўматларды киритеди яки ағымдағы МБдағы мағлыўматлар үсттинде пайдаланыўшы ушын қолай болған түрли көринистеги формаларды жаратады. Демек, форма экран объекти болып, электронлы бланка түринде аңлатылып, онда мағлыўматлар киритилетуғын майдан бар ҳәм сол майданларға керекли мағлыўматлар жайластырылады ҳәм таблица солайынша пайда етиледи.

Есабат - МБ қурамындағы мағлыўматлардан кереклисин принтерге шығарыўшы қғағаздағы тийкарғы ҳүжжет.

Макрос - бир нешше буйрықлар жыйындысы тийкарында пайда болған макро буйрық болып, пайдаланыўшы тәрепинен таблица дүзиўде жүдә қыйын процесслерди шешеди.

Модуль- VISUAL BASIC программаластырыў орталығында жазылған программа болып, стандарт емес әмеллерди пайдаланыўшы тәрепинен орынлаўына мүмкиншилик жаратады.

Санап өтилген объектлер үстинде ислеў ушын айнаның оң тәрепинде Открыть (ашыў) Конструктор (дүзиў) ҳәм Создать (дүзиў) деген түймелер жайласқан. Демек, бул түймелер Access тиң ислеў тәртибин аңлатады.

Открыть (ашыў) түймесин таңланған объектти ашады. Егер бул таблица болса, онда оны көриў мүмкин, жаңа жазыўды киритиў ямаса бурын киритилгенди өзгертиў мүмкин.

Конструктор түймеси шертилсе, ол ҳалда объектттиң дүзилиси пайда болады. Ол оның мазмунын емес, ал структурасын ашады. Егер бул таблица болса, онда оған жаңа майданшаны киритиў мүмкин ямаса бар майданшаның қәсийетин өзгертиў мүмкин. Егер бул форма болса, онда оны өзгертиў мүмкин ямаса басқарыў элементлерин дүзиў мүмкин. Бул тәртип МБ ның пайдаланыўшылары ушын хызмет етпейди, ал дүзиўшилери ушын хызмет етеди.

Создать (дүзиў) түймеси шертилсе, ол ҳалда жаңа объектлер дүзиў ҳәм оны басқарыў керек болады.

Солай етип, жоқарыдағы саналған тәртиплер тийкарында объектлер үстинде төмендеги түрде жумыс орынлайды:

  • механикалық усыл менен;

  • автоматластырылған жағдайда;

  • таблица устасы (мастер) жәрдеминде.

§ 5. Таблица дүзиў

Таблицалар - МБ ның тийкарғы объектлери. Базаны дүзиў бириншиден таблицаны дүзиўден басланады. Таблицаны дүзиў оның майданшасының берилиўинен ҳәм олардың қәсийетлерин белгилеўден турады. Бул процесс МБ айнасында Создать(дүзиў) түймесин шертиў менен басланады ҳәм экранда диалог айнасы пайда болады.

Бунда таблица дүзиўдиң бир қатар усылларын усыныс етиледи:

1.Режим таблицы (таблица тәртиби). Бунда таблицаны дүзиў қолдан жаратылады ҳәм экранда формаль атларда майданшалар пайда болады:Поле 1 (майданша 1), Поле 2 (майданша 2), Поле 3 (майданша 3), ...ҳәм стандарт текстли майданша түри сәўлеленеди. (4-сүўрет).

Таблица жаратыўдың конструктор тәртибин таңласақ, ол жағдайда майданлар аты олардың түри ҳәм қәсийетлери сыяқлы параметлерди киритиў мүмкин болған диалог айнасы пайда болады.

Усы диалог айнасында бул параметлердиң барлығы клавиатура жәрдеминде қолда киритиледи яки керек емес майданшалар алып тасланады яки айырым майданлардың түрин өзгертириў сыяқлы әмеллерди орынлаў мүмкин болады.

2.Мастер таблиц (таблица устасы) менен таблица дүзиў.

Таблица устасы менен жумыста апарғанда, экранда пайда болған диалог айнасында үлгили таблицалар дизими ҳәм бул таблицаларға сәйкес болған үлгили таблица майданшалары пайдаланыўшыға усыныс етиледи. Пайдаланыўшы бул диалог айнасында бар болған ыхтыярый таблица ҳәм оның майданшаларын таңлап алып (майданлардың атын өзгертириўи мүмкин), жаңа таблица дүзиў мүмкин. Бунда майданшалардың ттүри ҳәм автомат түрде майданша атына сәйкес жаңланады.

Атап айтқанда, майдан түрин өзгертириў зәрүр болса, оны конструктор тәртибтнен пайдаланып өзгертириў мүмкин.

3. Импорттан (басқа мағлыўматлар базасы) таблицаны таңлаў.

Бунда импорт етилиўши таблицаны таңлаў ушын диалог айнасында импорт етилиўши МБ таңлап алынады ҳәм оннан пайдаланыўшыға керек болған майданша бойынша мағлыўматлар ажратып алыўы мүмкин.

4. Связь с таблицами (сыртқы файллардағы МБ таблицалары менен байланыс схемасы) арқалы жаңа таблицаларды дүзиў.

Бунда жоқарыдағыдаў диалог айнасында өз-ара байланыс орнатылыўы зәрүр болған МБ таңлап алынады (7-сүўрет):

5.1. ACCESS де ислеў технологиясы

Access еки түрдеги тәртипте ислейди:

1.проектирование (жойбарлаў);

2.эксплуатация (әмелий пайдаланыў).

МББС қайсы тәртипте ислеўине қарамастан, оны ислетиў технологиясы төмендегише болады:

Пайдаланыўшы МБ ны формалар жәрдеминде толттырады, запрос (сораўлар) жәрдеминде мағлыўматларды қаәйта ислейди ҳәм нәтийжени таблица көринисинде алады ямаса отчет (есабат) түринде алады. Бир МБ да миллионлап пайдаланыўшы ис жүритеди, бирақ дүзилмесине қол тийгизбейди. Пайдаланыўшы, тийкарынан алты объекттиң төртеўи менен ис жүргизеди. Солай етип, усы объектлер менен жумыс орынлаў ушын пайдаланыўшы төмендеги ттүймелер менен жумыс орынлаўы мүмкин:

Открыть (ашыў)-таңланған объектти ашады.

Конструктор -таңланған объект дүзилмесин ашады.

Создать (дүзиў)-жаңа объектлерди дүзеди.

5.2. Мағлыўматлар базасы ның қәсийетлери.

МБ ның таблицасы өз алдына ҳүжжет бола алмайды, бирақ таблица дүзилмеси болса ҳүжжетке есапланады, оның ушын Access деайрықша файл ажратылмаған. Таблицадағы барлық өзгерислер автоматикалық түрде реал ўақыт тәртибинде сақланады. Реал ўақыт тәртибинде таблица менен ислеў процессинде үзликсиз сақлаў даўам етеди. Биринши майданшаға мағлыўматларды кириттиў тоқталғаннан кейин 2-майданшаға өтиледи, сол ўақытта мағлыўматлар винчестерге жазылады ҳәм сақланады.

5.3. Мағлыўматлар базасы таблицалары менен ислесиў.

1. МББС айнасының төменги бөлегинде поля номера записи (жазыў майданының номери) болып, бунда майданға өтиў түймелери бар (таблица бойынша жылжыўды әмелге асырады).

2. Ҳәр бир жазыў сол тәрепинен маркер записи (жазыў маркери) түймесине ийе. Усы түймени бассақ, жазыў ажратылып көринеди ҳәм көширме алыўға таярналады.

3. Ажратылған жазыўда мышь оң түймесин бассақ, контекст меню- диалог айнасы шығады ҳәм оның буйрықлары арқалы жазыў үстинде жумыс орынланады.

4. Таблицаның сол тәрепиниң жоқары бөлегиинде турған маркерди таблица маркери дейди. Оны шертсек, пүтин балица ажралып көринеди. Мышьтың оң түймеси басылса, контекст меню экранда пайда болады. Оның буйрықлары менен таблица үстинде ис жүритиледи.

5. Майданша басламасында мышь түймесин бассақ, ол жағдайда майданша ажратылып көринеди.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]