Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

Мағлыўматларды тәртипке салыў.

Әўелги бөлимлерде мағлыўматларды МБсынан алыў усыллары көрсетилген еди. Төменги бөлимде нәтийжелерди тәртиплеў усыллары бериледи. Нәтийжелерди тәртиплеў ушын SQLде төмендеги оператор берилген :

GROUP BY операторы мағлыўматларды топарға ажырытыў мүмкиншилигин жаратады.

а) егер бул санлы мағлыўмат болса, өсиў тәртибинде

б) егер қатарлы мағлыўмат болса, альфавитли тәртипте болады.

Мысалы

Select Los, Name from micall

group by Los, Name;

Нәтийжеде төиендеги таблицаға ийе боламыз:

Los Name

  1. Berdax N.

  1. Genjebay G.

5 Rawaj F.

ҳәм т.б.лар

Select Name, Los from mical

group by Name, Los;

Нәтийжеде :

Name Los

Barliqbay P. 25

Baxit C. 21

Baxtiyar A. 8

Berdax N. 2

Bibi A. 22

Sag’alatdin T. 28

ҳәм т.б.лар

AVR, SUM, MA, COUNT түриндеги санлы функцияларды GROUP BY дан кейин қоллаў мүмкин емес, GROUP BY өз мазмунын жоғалтатуғынын итибарға алыўымыз керек.

GROUP BY операторы WHERE шәртин қолланыўға мүмкиншилик жаратады.

мысалы:

Select Name, Salary from mical

Where Salary>=50000

group by Name;

Нәтийжеде төмендегиге ийе боламыз:

Name Salary

Barliqbay P. 50000

Orazbay B. 70000

Saylawbay K. 65000

Sarsenbay A. 100000

Берилген мысалда компьютер алдын Salary>=50000 шәртине бойсынған мағлыўматларды тыңлайды, соң мағлыўматларды альфабит тәртибинде топарларға ажыратады.

Having операторы анық бир шәрт бойыпша таңланған мағлыўматлардың тек бир бөлегин тәртиплеў мүмкиншилигин береди.

Having шәрти бәрқулла group by менен бирге қолланылады ҳәм Select операторындағы Where шәрти сыяқлы бирдей әҳмийетке ийе.

Мысалы :

Select Name, Los, Dept from mical

group by Dept, Los, Name

having Los>8,5

Компьютер Micalдың мағлыўматларын топарға ажыратады. Бунда топарға ажыратыў кейинги избе-изликте әмелге асырылады. Алдын Dept атлы бағана үстинде әмелге асырылады. Егер Deptде бирдей атлар болып қалса, топарға ажыратыў Los санлы өзгериўши бойынша әмелге асырылады. Тек Dept ҳәм Los ларда еки нәтийже сәйкес түскен халда, топарға ажыратыў Name параметри бойынша әмелге асырылады.

II-бап сораўлары

1. SQL сораў тили дегенимиз не?

2. SQL диң қандай буйрықлары бар ?

3. SQLдиң қандай операторлары бар ?

4. SQL де қандай арифметикалық әмеллер орынланады ?

5. SQL де қандай санлы функциялар бар ?

6. SQL де қандай текстли функциялар бар?

7. SQL де мағлыўматлар қалай тәртипке салынады?

8. IS null операторының хызмети қандай?

9. Like операторының хызмети қандай ?

10. SQL де сәне ҳәм ўақыт ушын қандай турақлыларды қолланады?

Әдебиятлар

1. Ғуламов С. ва бошқалар. «Иқтисодий информатика.» Т. Ўзбекистон, 1999 жыл. 527 бет.

2. Купрова Т.А. Создание и программирование базы данных средствами СУБД dBasе III PLUS, ҒOXBASE PLUS, CLIPPER. М.: Мир, 1991жыл. 110 бет.

3. Левин А. Самаучитель работы на компьютере. М.: «Нолидж», 1999 жыл. 624 бет.

4. Лорн П. Базы данных для Микро Эвм. М. : Машиностроение, 1998 жыл. 136 бет.

5. Рахманқулова С. IBM PC Шахсий компьютеринде ишлаш. Т. : «Шарқ» 1996 жыл. 143 бет.

6. Стинсон К. Эффективная работа в WINDOWS-95. М.:1996 жыл. 775 бет.

7. Холматов Т.Х., Тайлақов Н.И. Амалий математика, дастурлаш ва компьютер таъминоти. Т. : «Меҳнат» 2000 жыл. 304 бет.

8. Шафрин Ю. Основы компьютерной технологий. Справочник школника. М.: 2000 жыл. 560 бет.

9. Фигурнов В.Э. IBM PC для ползователя. М.: ИНФА-М, 1996 жыл. 432 бет.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]