- •Ташкент информациялық технологиялар университети нөкис филиалы
- •§ 2. Мағлыўматлар базасының моделлери
- •2.1. Реляциялық мағлыўматлар базасы
- •2.2. Иерархиялық мағлыўматлар базасы
- •2.3. Тармақлы мағлыўматлар базасы.
- •§ 3. Мағлыўматлар базасын басқарыў системалары
- •3.1. Мағлыўматлар базасын басқарыў системаларының архитектурасы
- •§ 4. Ms access мағлыўматлар базасын басқарыў системасы.
- •4.1. Microsoft Access жумыс айнасы
- •§ 5. Таблица дүзиў
- •§ 6. Таблицалар арасындағы байланысты дүзиў
- •6.1. Байланысқан таблицалар
- •§ 7. Сораўларды дүзиў
- •7.1. Мағлыўматлар базасында ажратыў ушын сораў
- •7.2. Үлгили сораў бланкасын толтырыў
- •7.3. Параметрли сораўлар.
- •7.4. Cораўларды есаплаў.
- •7.5. Жуўмақлаўшы сораўларды дүзиў технологиясы
- •7.6. Өзгертиў сораўлары
- •§ 8. Формаларды дүзиў
- •8.1. Автоформалар
- •(Мастер жәрдеминде форманы дүзиў )
- •8.2. Форма дүзилмеси
- •8.3. Жазыўды дүзиў
- •8.4. Байланысқан майданшаларды дүзиў ҳәм редакторлаў
- •8.5. Форманың басқа басқарыў элементлери
- •§ 9. Есабатларды таярлаў
- •9.1. Автоесабатлар
- •9.2. Есабат дүзилмеси
- •§ 10. Sql сораўлар тили.
- •10.1. Sql тилиниң буйрықлары ҳәм операторлары
- •10.2. Select буйрығы
- •From-таблицалар аты;
- •Baxit c Sales
- •Name Dept
- •Функциялар
- •Select avs(distinct Salary)”avs salary”
- •Нәтийжеде Salary бағанасының барлық элементлериниң қосындысын есаплайды.
- •Бундай жағдайларда компьютер
- •Name Length
- •Мағлыўматларды тәртипке салыў.
- •Select Los, Name from micall
- •Select Name, Los from mical
8.5. Форманың басқа басқарыў элементлери
Форманы дүзиўде басқарыў элементлери оған қолдан жобаластырыўға қолайлы етип жайластырады. Форманың дүзилген басқарыў элементи Формат > Выровнять (тегислеў) командалары жәрдеминде тегисленеди. Төменде үстинги жазыў ҳәм Майданша басқарыў элементлеринен басқалары берилген:
1. Ажыратқышлар (Переключатели). Оның менен филтерлеўди орынлаўшы команданы байланыстырыў мүмкин.
2. Жалаўшалар (Флажки). Ажыратқышқа уқсас ислейди, бирақ оннан айрықша көп таңлаўға руқсат етеди. Мағлыўматлар саралаў режимин басқарыў ушын қолайлы.
3. Дизим (Список). Тайынланған мәнислер жайынан турады ямаса бир таблицадан берилген майданшаның мәнислеринен турады. Мағлыўматларды киритиў емес, ал олардың дизиминен таңланады.
4. Дизимли майданша (Поле со списком). Дизимдей қолланылады, бирақ формада аз орын алады, тек ашыўшы түймени шерткеннен кейин дизим ашылады.
5. Командалы түймелер (Командные кнопки). Ҳәр бир майданда бир пайдалы команда болады. Мысалы, жазыўды излеў командасы, жазыў аралық өтиў ҳәм т.б. лар.
6. Қалаў (Вкладки). Шегараланған майданда көп информацияны жайластырады. Қалаўда басқа басқарыў элементлери жайласады.
7. OLE объекти майданшасы (Поле объекта OLE) WINDOWS консепциясында байланысыў ҳәм енгизиў объектлерине сәйкес қабылланған сыртқы объектлерди жайластырыў ушын хызмет етеди. Иллюстрация, фотография, видео жазыў, музыкалы фрагмент ҳәм даўыслы хабарлар объект болады.
§ 9. Есабатларды таярлаў
Есабат форма уқсас ҳәм көргизбели формада сораўлар жуўабының нәтийжеси алынады, бирақ тек экранда емес, ал принтерде баспаға шығарады. Солай етип, есабат жумысының нәтийжесинде қағазлы документ дүзиледи.
МБ диалог айнасында Отчет (есабат)ты таңлап Создать (дүзиў) түймесин шертсе, Новый Отчет (жаңа есабат) деген диалог айнасы пайда болады (14-сүўрет).
Экранда пайда болған диалог айнасында жаңа есабат дүзиўдиң бир қатар усыллары усыныс етиледи:
Конструктор-еркин түрде жаңа есабат дүзиў;
Мастер отчетов (есабат устасы)- таңланған майданшалар тийкарында автомат түрде жаңа есабатлар дүзиў;
Автоотчетов: в столбец (бағана көринисинде)- сайданшаларды автомат түрде бир бағанаға жайластырған ҳалда есабат дүзиў;
Автоотчет: ленточный -майданшаларды автомат түрде ленталы түрде жайластырылған есабатлар дүзиў;
Мастер диаграмм (диаграмма устасы)-дмаграммалар тийкарында есабатлар дүзиў;
Почтовые наклейки -почта маркаларын баспаға шығарыў ушын форматланған есабатлар дүзиў.
Есабатларды дүзиў ушын формалар дүзиўдеги сыяқлы есабатларды дүзиў усылларынан бири таңланған соң, диалог айнасының төменги бөлегинде есабат дүзилиўши таблица яки сораў аты көрсетиледи.
9.1. Автоесабатлар
Форма ҳаққында айтылғанлардың көпшилиги есабатқада тийисли. Мағлыўматлар Базасындағы диалоглы айнада Есабаттың қосымша бетин таңлап ҳәм Дүзиў түймесин шертип, Мастер жәрдеминде ямаса қолдан есабатты автомат (автоесабат) түрде дүзиўге мүмкин болатуғын жаңа есабаттың диалоглы айнасын аламыз. Есабатты автомат түрде режимин үйренемиз. Қәлеген таблица тийкарында бағада ямаса ленталыда автоесабат дүземиз. Әмел сондай әпиўайы, оған мышьтиң сол түймесин бир шерткеннен келтириледи. Есабат принтерге информацияны шығарыўға арналғаннан принтердиң қәсийетлерин билиў керек. Сонлықтан, принтер системада орнатылған болыўы керек.
Принтер болмағанда да есабатты дүзиў мүмкин. Операциялық орнатыўды орынлаў мүмкин. Операциялық системаның буйрықлары жәрдмеинде программалық орнатыўды орынлаў жетерли: Жибериў (Пуск) Келтириў (Настройка)Принтерлер принтерди орнатыў (Установка принтера), кейин принтер драйвейрин дизимге аламыз, ямаса операциялық системаға болатуғын оны жумсақ дисктен аламыз, ямаса драйверлерден биреўин таңлаймыз.