Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция МБ(кк).doc
Скачиваний:
0
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
320 Кб
Скачать

2.1. Реляциялық мағлыўматлар базасы

Реляциялық система 1970 жылда IBM фирмасының хызметкери Е.Ф.Кодд тәрепинен усыныс етилип, ҳәзирги ўақытлары ең көп тарқалған системалар қатарына киреди. Сонлықтан бул системада мағлыүматлар арасында ең қолай байланысларды әмелге асырыў мүмкин.

Мағлыўматлардың реляциялық моделине сәйкес ҳалда жаратылған МБ ға реляциялық мағлыўматлар базасы делинеди.

Мағлыўматлардың реляциялық системасын жаратыў ҳәм оннан пайдаланыў ушын жаратылған системаға реляциялық МББС делинеди.

Мағлыўматлардың таблица көринисинде сақланыўына мағлыўматлардың реляциялық модели делинеди.

Реляциялық системаның элементлеринде иерархиялық жоқ. Информация ны излеўде барлық элементлерден гилт ретинде пайдаланыў мүмкин яғный ықыярый дүзилиске ийе мағлыўматты еки өлшемли таблица көринисине келтириў мүмкин.

Реляциялық система ретинде телефон мағлыўматнамасын дүзиҳ мәселесин көрип шығамыз. Мысалы, «Ҳәр бир телефон номери көрсетилген абоненттиң мәнзили, оның категориясы белгиленген дизимин дүзиң» деп оқылады.

Мағлыўматнама бир неше түрдеги обьектлерден дүзилген. Обьект ушын төмендеги мағлыўматларды таңлап аламыз:

  • Телефон цифры.

  • Абонент аты (аты, әкесиниң аты ҳәм т.б.лар)

  • Абонент мәнзили.

  • Абонент категориясы (улыўма, қала аралық байланыс қадағаланған, ...)

Барлық мағлыўматлардың текстли деп есаплаймыз. Бул мағлыўматарға төмендеги атларды ҳәм узынлықларды беремиз:

Бағана аты

Мағлыўматтың аталыўы

Түри

Узынлығы

1.

2.

3.

4.

Номер

Абонент аты

Мәнзил

Категория

Телефон цифры

Абонентти белгилеў

Абонент мәнзили

Абонент категориясы

текстли

текстли

текстли

текстли

9

15

40

2

«Категориялар» атамасы ретинде еки ҳәрипли кодлардан пайдаланымыз; УК-улыўма категория, ҚҚ-қала аралық қадағаланған категория ҳәм т.б.лар.

Бул жағдайда мағлыўматнаманы төмендеги таблица көринисинде көрсетиў мүмкин:

Номер

Абонент аты

Мәнзили

Категория

224-35-61

2-56

222-50-63

Қолбергенов Жалғас

Жайлаўбаев Бахтыяр

Жақсыбаева Малика

Бердақ, 19

Ч. Абдиров, 1

Навойи,16

УК

ҚҚ

УК

Усы таблицаны бир файл (Мысалы, телефон) көринисинде компьютер дискиге өткизилсе, телефон мағлыўматнамасы-телефонлар МБ на ийе боламыз (базаны қайта ислеўди автоматластырыў мүмкин болады).

2.2. Иерархиялық мағлыўматлар базасы

Иерархиялық система таблицалардан дүзилген болып, онда информацияны излеў процесси алдынан берилген тәртипте көрип шығылады. Иерархиялық системада элементлерди жайластырыўда программаласқан тәртип бар. Ҳәр бир топарда бир элемент тийкарғы, қалғанлары оған салыстырғанда екинши дәрежели қәсийетке ийе болады. Керекли элементти таңлаў белгили избе-изликте алып барылады.

Мағлыўматлардың түплик жайласыўына мағлыўматлардың иерархиялық модели делинеди.

Мағлыўматлардың иерархиялық моделине сәйкес ҳалда жаратылған МБ на иерархиялық мағлыўматлар базасы делинеди.

Мағлыўматлардың иерархиялық системаны жаратыў ҳәм оннан пайдаланыў ушын жаратылған системаға иерархиялық МББС делинеди.

Төмендеги мысал арқалы иерархиялық системаны аңлатыў мүмкин:

Қатар номери

Өним категориясы

1

Палызлар

2

Сүт өнимлери

3

Ун өнимлери

4

Балықлар

Па-

лыз-

лар

Қыяр

Памидор

Баклажан

ҳ.т.б.

Сүт

өним-

лери

Сүт

Қымыз

Қатық

ҳ.т.б.

Ун

өним-

лери

Нан

торт

макарон

ҳ.т.б.

Ба-

лық-

лар

Сазан

Сүўен

Шортан

ҳ.т.б.

Аталыўы

Баҳасы

Қыяр

Памидор

Баклажан

Гешир

200 сўм -1 дана

500 сўм -1 дана

50 cўм -1 дана

70 cўм -1 дана

Иерархиялық системаның таблицаларының бириншисинде қатар номери ҳәм онда жайласқан өним категориясы берилген. Категориялар кейинги басқышта жайласқан өним түрин излеўге керек болады. Екинши ҳәм үшинши басқыштағы таблицада ҳәр бир өнимниң баҳасы ҳаққында мағлыўмат берилген. МБ сын иерархиялық система қурамында дүзиў пайдаланыўшы ушын қолайлық жаратады.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]