Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция_matni(MAG_ST).doc
Скачиваний:
3
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
1.11 Mб
Скачать

Insert (q,X) элемент қосыў әмели.

Қосыў әмели программаға киритилип атырғанда, массив толып қалыўы жағдайын анализ қылыў лазым болады. Мәлим болғанындай, толып қалыў егер массив нәўбет элементлери менен бәнт жағдайда және басқа қандайда бир элемент киритпекши болсақ жүзеге келеди. Мәселен, жоқарыдағы сызылмаға және қайтайық. Көринип турыпты, басында келтирилген массивте 3 элемент жайласқан, олар сәйкес түрде Q (3), Q (4) ҳәм Q (5) позицияларда турыпты. Нәўбеттиң соңғы элементи Q (5) позицияда турғанлығы себепли, R диң мәниси 5 ке тең болады. Нәўбеттиң биринши элементи Q (3) орында турғаны ушын болса, F тиң мәниси 2 болады. Усы нәўбетке жаңа G элементти қойсақ, R диң мәнисиниң сәйкес түрде өзгериўине алып келеди. Егерде нәўбеттеги элементти киритпекши болсақ, ол жағдайда массив пүткиллей толып қалады. Себеби, бул жағдайда F = R болып, ол нәрсе массивтиң толық екенлигин аңлатады. Көринип турыпты, нәўбетти бундай көринисте әмелге асырғанымызда бос нәўбет пенен толық нәўбет арасындағы парқты анықлаў имканы болмай қалады. Әлбетте, бундай жағдай бизнди қанаатландырмайды.

Бундай жағдайдан шығып кетиўдиң шешимлеринен бири массивте бир элементти алып таслаў болып есапланады. Бунда нәўбетти ең максимал көлемнен бир кем болған жағдайға шекем арттырып барыў имканы жүзеге келеди. Мәселен, егер 100 элементли массив нәўбет сыпатында жәрияланған болса, ол жағдайда бул массивте нәўбет 99 ға шекем элемент қабыл ете алады. 100-ши элементти нәўбетке жайластырмақшы болсақ, ол жағдайда толып кетиў жағдайы жүзеге келеди. Жоқарыда келтирип өтилген жағдай ушын insert үлес программасын төмендегише аңлатыў мүмкин:

if R = max(q)

then R = 1

else R = R+1

endif

'толықлыққа тексериў

if R = F

then print «нәўбет толып кеткен»

stop

endif

q (r) =x

return

insert үлес программасында толықлыққа тексериў R диң жаңа мәниси анықланғанынан кейин әмелге асырылады. Remove үлес программасында болса бундай тексериў үлес программаға кирип F тиң мәниси жәрияланғанша даўам етеди.

3. Дек

Дек сөзи (DEQ - Double Ended Queue) инглиз тилинен алынған болып, еки шетке ийе нәўбет деген мәнисти билдиреди.

Дектиң өзине тән қәсийети соннан ибарат, элементлерди жазыў ҳәм оқыўды ҳәр еки шетинен де әмелге асырыў мүмкин.

Дектиң төменги шегараларын бирлестирилген еки стек көринисте қараў мүмкин.

Дек үстинде орынланатуғын әмеллер:

  1. Insert – элемент қосыў.

  2. Remove – дектен элементти шығарып таслаў.

  3. Empty – бос яки бос емеслигин тексериў.

  4. Full – толықлыққа тексериў.

Қадағалаў сораўлары.

  1. Нәўбет пенен стек қандай мағлыўматлар структурасына киреди?

  2. Стектен элементти таңлаў қандай әмелге асырылады?

  3. Стектиң жоқары элементин өширместен оқыў қалай әмелге асырылады?

  4. Қандай хызмет көрсетиў түрине FIFO, қайсы бирине LIFO деп аталады?

  5. Ҳалқа тәризли нәўбеттиң толықлығының белгиси неден ибарат?

  6. Нәўбеттиң бослығының белгиси?

  7. Дизим деп неге айтылады?

  8. Дизим түрлерин айтып өтиң.

  9. Нәўбет элементлерин санап өтиң.

  10. Ҳалқа тәризли нәўбет қандай пайда етиледи?

  11. Дектиң өзине тәнлиги неден ибарат?

5-Лекция. Сызықлы емес динамикалық мағлыўматлар структурасы (6 саат)

Реже:

  1. Байланысқан дизимлер

  2. Бир бағытлы дизимлер

  3. Бир бағытлы ҳалқа тәризли дизимлер

  4. Еки бағытлы дизимлер

  5. Еки бағытлы халқа тәризли дизимлер

  6. Стеклерди бир бағытлы дизимлер жәрдеминде әмелге асырыў

  7. Getnode, Freenode әмеллерин шөлкемлестириў ҳәм босаған элементлерди утилизация қылыў

  8. Бир бағытлы дизим ғәрезсиз мағлыўматлар структурасы сыпатында

  9. Сызықлы емес байланысқан структуралар

Программа орынланып атырғанда жүзеге келетуғын яки өлшемлери программа орынланыўы барысында анықланатуғын объектлар динамикалық объектлер делинеди.

Динамикалық мағлыўматлар структурасы 2 қәсийетке ийе:

  1. Структурада элементлер саны алдыннан анықланбаған.

  2. Динамикалық структура элементлери қатаң сызықлы тәртиплестирилмеген.

Олар ядта тәртипсиз жайласқан болыўы мүмкин.

Динамикалық структура элементлерин өз – ара байланыстырыў ушын структура элементлери қурамына информациялық майданнан тысқары көрсеткишлер майданы да киреди (қараң, сызылма) (структураның басқа элементлер менен байланыслылығы).

P1 ҳәм P2 – өз-ара байланысқан элементлердиң адреслерин өз ишине алыўшы көрсеткишлер. Көрсеткишлер слот номерин өз ишине алады.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]