Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:
Лекция_matni(MAG_ST).doc
Скачиваний:
3
Добавлен:
10.01.2024
Размер:
1.11 Mб
Скачать

1. Векторлар

Вектор – бул ең әпиўайы статикалық ҳәм сызықлы тәртиплестирилген структура. Бул структурадағы элементлер арасындағы қатнас олардың қатаң избе-излиги көринсинде аңлатылыўы есапланады (қараң, сызылма).

Вектордың ҳәр бир элементи оның вектордағы орнын анықлаўшы (көрсетиўши) өзиниң индексине ийе болады. Индекслер пүтин сан болғанлығы себепли олар үстинде бир неше әмеллерди әмелге асырыў мүмкин ҳәмде мүрәжәтти логикалық басқышта элементтиң структурадағы орнын анықлаў мүмкин. Вектордың элементине мүрәжәәт қылыў ушын вектордың атын ҳәм элементтиң индексин көрсетиў жетерли болады.

Программада векторды жәриялаў ушын оның атын, элементлер санын ҳәм олардың түрин көрсетиў керек

Мәселен:

var

M1: Array [1..100] of integer;

M2: Array [1..10] of real;

Вектор элементлердиң барлығы тек ғана бир түрге тийисли мағлыўматлардан ибарат ҳәмде олардың саны алдыннан анық болыўы лазым.

2. Массивлер

Улыўма алғанда массив элементи бул вектор элементи болып, оның элементи де структура элементи болып есапланады(қараң. сызылма).

Еки өлшемли массив элементине мүрәжәтти әмелге асырыў ушын оның индекси мәнислери зәрүр болады. Физикалық басқышта еки өлшемли массив те тап бир өлшемли (вектор) массив киби көриниске ийе болады ҳәмде трансляторлар массивти қатар яки бағана көринисинде аңлатады.

3. Жазыў

Жазыў – майдан деп аталыўшы шекли сандағы мағлыўматлар структурасы. Жазыў избе-из түрдеги мағлыўматлар структурасын аңлатып, логикалық сүўретлениўде де физикалық сүўретлениўде де структура элементлери избе-из жайласқан болады. Жазыўдың массивтен парқы соннан иборат, оның элементлери ҳәр қыйлы түрлерге тийисли болған топламнан ибарат болыўы мүмкин. Жазыўда мағлыўмат элементлери көбинесе жазыў майданлары деп те аталады.

Жазыўды жәриялаўдың логикалық көриниси төмендегише:

<түр аты> = record <майданлар дизими> end

майданлар арасына ; белгиси қойылады.

Мәселен:

Type

BirthDay = Record

Day, Month:Byte;

Year:Word;

End;

Var

a,b:BirthDay;

Begin

a.day:=27;

b.year:=1939;

End.

Майданларға мүрәжәтти әпиўайыластырыў ушын with операторынан пайдаланылады.

Мәселен:

With a Do

Begin

Day:=27;

Month:=4;

Year:=1985;

End.

Төмендеги мәселени анализлеп шығамыз:

Жазыўдың логикалық структурасын графикалық көринисте де кесте көринисинде де аңлатыў мүмкин, яғный

Жазыў элементлериниң өзи де жазыўдан ибарат болыўы мүмкин. Бул жағдайда қурамалы иерархиялық мағлыўматлар структурасы жүзеге келеди.

Студент ҳаққында төмендеги мағлыўматларды өз ишине алыўшы жазыўды толтырыў талап етилген болсын: N – студент тәртип номери; студент Аты, бул жерде студент фамилиясы, аты, атасының аты болсын; студенттиң анкета мағлыўматлары, яғный туўылған жылы, туўылған жери, ата-анасы: анасы, атасы; Факультети; Топары; пәнлерден сессияда алған баҳалары, мәселен чет тили, информатика, математика ҳәм басқа.

Төменде усы жазыў структурасының еки логикалық аңлатылыўы келтирип өтилген.

Жоқарыдағы мағлыўматты аңлатыў нәтийжесинде төрт басқышлы иерархиялық мағлыўматлар структурасына ийе боламыз. Информация тармақларда жайласқан болып, қалған түйинлер тармақларға жолды көрсетеди.

1-ши басқыш Студент = жазыў

2-ши басқыш Номер

2- ши басқыш Аты = жазыў

3- ши басқыш Фамилия

3- ши басқыш Аты

3- ши басқыш Атасының аты

2- ши басқыш Анкета мағлыўматлары = жазыў

3- ши басқыш Туўылған жери

3- ши басқыш Туўылған жылы

3- ши басқыш Ата-анасы = жазыў

4- ши басқыш Анасы

4- ши басқыш Атасы

2- ши басқыш Факультет

2- ши басқыш Топар

2- ши басқыш Баҳалар =жазыў

3- ши басқыш Чет тили

3- ши басқыш Физика

Усы структура ишпе-иш жайласқан жазыў деп аталады.

Жазыў үстинде әмеллер:

  1. Жазыў майданы мағлыўматларды оқыў.

  2. Жазыў майданына информация киритиў.

  3. Түрге сәйкес келиўши, жазыў майданы үстинде орынланыўы мүмкин болған барлық әмеллер.

Соседние файлы в предмете [НЕСОРТИРОВАННОЕ]