Добавил:
Опубликованный материал нарушает ваши авторские права? Сообщите нам.
Вуз: Предмет: Файл:

Abatbay Dauletov. Hazirgi qaraqalpaq tili. Fonetika (2005)

.pdf
Скачиваний:
22
Добавлен:
22.12.2023
Размер:
1.57 Mб
Скачать

141

қоңсылас буўынның тәсири менен а сеси ә сесине жақын айтылады. Бирақ жазыўда бул елестирилмей, а ҳәриби менен жазылады.

Жумсалыўы жағынан ә, о, ө, у, ү ҳәриплери бираз шекленген болады. Ә ҳәриби көбинше биринши буўында, айырым сөзлерде екенши буўында жазылады. Мысалы: әке, кән, сән, тәртип, кәпир, жәhән, шәhар, күтә ҳәм т.б. О ҳәриби түпкиликли сөзлердиң биринши буўында ушырасады ҳәм сөзлердиң басында келгенде ол еки сестиң дизбегин (ўо) билдириў ушын жумсалады. Мысалы: ол, от, орақ, отын, қонақ, жолдас ҳәм т.б. Ал орыс тилинен кирген сөзлердиң басында, ортасында, ақырында биринши ҳәм соңғы буўынларында шекленбеген ҳалда жумсала береди. Мысалы: област, опера, колхоз, ордер, кино. Ондай сөзлерде пәтсиз буўында келгенде а сеси сыяқлы болып айтылған менен о ҳәриби сақланып жазылады.

У ҳәриби бир буўынлы сөзлерде ямаса көп буўынлы сөзлердиң биринши буўынында ушырасады. Мысалы, ул, бул, қулын, жулын, уста т.б. Ал клуб, куба, курант сыяқлы орыс тили арқалы кирген сөзлерде буўын таңламастан ҳәм әдеттегисинен созымлы болып, қысық даўыслы сести аңлатыў ушын у ҳәриби жумсалады. Ө, ү ҳәриплери тек түпкиликли сөзлерде ғана ушырасады. Олар бир буўынлы сөзлерде ямаса көп буўынлы сөзлердиң биринши буўынында жазылады. Мысалы: көз, төз, күн, түн, көлик, төле, көркем, күлки, т.б. Ө ҳәриби сөз басында келгенде еки сестиң дизбегин (ўө) аңлатылады.

Биринши буўында еринлик даўыслылар келгенде екинши буўындағы езиўлик ы, и, е сеслери сәйкес еринлик у, ү, ө сеслерине айланып айтылған менен жазыўда еслестирилмей, ы, и, е ҳәриплери арқалы жазылады. Мысалы: қолу-қолы, қулу-қулы, күлку-күлки, төлө-төле, т.б.

Ы, и ҳәриплери ылақ, тынық, қысы, таныс, илим, тил, из, киси т.б. сөзлердиң басында, ортасында, ақырында жумсала береди. Ал орыс тили арқалы кирген сөзлерде, ы, и ҳәриплери әдеттегисинен де қысық ҳәм созымлы айтылатуғын сеслерди билдириў ушын жумсалады. Мысалы: тил, тсыган, бригада, лирика, т.б. Тартым жалғаўы жалғанғанда халық, парық, аўыз, арын, көрик, бөрик, ерин, мурын, қаўын усаған гейпара сөзлерден ы, и сеслери түсирилип айтылғанлықтан жазыўда ол есапқа алынып, халқы, парқы, аўзы ҳәм т.б. түринде жазылады.

Е ҳәриби сөздиң барлық жеринде (басында, ортасында, ақырында) ушыраса береди: сөздиң басында ҳәм сөз ортасында айырым буўынның басында келгенде еки сестиң дизбегин (йе) аңлатады. Мысалы: жазылыўы - ел, еки, елес, поезд, обект, разезд, айтылыўы - йел, йеки, йелес, поезд, обйект, разйезд. Сондай-ақ бул е ҳәриби епос, екскурсийа усаған сырттан кирген сөзлердиң ҳәм ей, ех сыяқлы түркиликли сөзлердиң басында жалғыз е сесин билдириў ушын жумсалады.

Орыс жазыўында, е, о ҳәриплерин тысқары қосарлы сеслерди аңлатыў ушын я, ю, л таңбалары да жумсалатуғын еди. Ҳәзирги латынласқан әлипбеде қосарлы сеслер айрықша ҳәриплер менен билдирилмейди, ал еситилиўине қарай я, йә, йу, йү, йо түринде еки таңба менен белгиленеди. Мысалы: йа, яки, Юра, Юусип, йош ҳәм т.б.

142

Орыс ҳәм латынластырылған жазыўда (й) й ҳәм ў даўыссыз фонемаларының ҳәм олардың қысық даўыслылар менен қабатласыўынан пайда болған дифтонглардың жазылыўында қыйыншылықлар болып келеди. Й (й) ҳәриби латын ҳәм орыс әлипбесинде сөздиң басында тек е ҳәрибиниң алдында жазылмайды. Мысалы: ел, (ел), етик (етик), ес (ес), Егор (Егор) ҳәм т.б. Ал басқа даўыслылардың алдында латынласқан жазыўда ол жазыла береди. Мысалы: яр, яқшы, япырмай, яшик, йәки, йош, йод, йуррй, Юүсип ҳәм т.б. Ў ҳәриби сөздиң басында о ҳәм ө ҳәриплериниң алдында жазылмайды. Мысалы: ол, от, ор, отын ҳәм т.б. Ал басқа даўыслылардың алдында ушырасқан жерде жазыла береди. Мысалы: ўатан, ўәде, ўәкил, ўаз, ўақыт ҳәм т.б.

Ҳәзирги ҳәрекеттеги қарақалпақ тилиниң имла қағыйдаларында «уў, үў» қосарлылары суў, пуў, суўат, сүрет, жуўап, суўын, т.б. сөзлериниң биринши буўынында жазылады да, қалған буўынларда ыў, иў қосарлылары жазылады: саўыў, жуўыў, сүйиў, жүзиў, оқыў, жаўыў, суўыў т.б. Гейде биригип жазылатуғын Ултуўған, күншуўақ, улышуў-қумқуўыт ҳәм мағлшыўмат, байыўлы, айыў, Айубай, улума т.б. сыяқлы атаўыш сөзлерде «екинши буўында да қолланылады» деп көрсетилген.

Бирақ бизиң анықлаўларымыз ҳәм дәлиллеўлеримиз бойынша еринлик даўыссыз ў сесиниң алдында қысық езиўлик даўыслылар (ы, и, е) пүткиллей умсалмайды, ал олардың орынында мудамы сәйкес еринлик даўыслылар (у, ү, ө) жумсалады. Имла қағыйдаларының жыйнағында бул жағдай жарым жартылай ғана есапқа алынған. Бизиңше, имла қағыйдалар жыйнағында көрсетилгениндей тек мағлыўмат, улыўма сыяқлы сөзлер ғана емес, ал суўыў, уўыў, үйиў, көсеў ҳәм т.б. сыяқлы сөзлердеги ў сеси менен қоңсылас келген қысық даўыслылардың еринлик түринде (у, ү, ө) жазылғаны әмелий жақтан да, теориялық жақтан да дурыс болар еди. Сонда қәтесиз ҳәммениң бир қыйлы жазыўын да тәмийнлеген болар едик, қарақалпақ тилиниң тийкарғы ҳәм баслы сеслик нызамы болған сингармонизмниң сақланыўын да тәмийинлер едик.

Сингармонизм нызамы бойынша биринши буўындағы қысық езиўлик ы, и, е сеслери сәйкес у, ү, ө еринлик даўыслыларына айланып кетеди. Бирақ бул ҳәзирги имла қағыйдаларында есапқа алынбайды. Мысалы, айтылыўы: күйө, түйө, сүўөн, күйоў, түўөл, қуйу, суйуқ, күйүк ҳәм т.б. жазылыўы: күйе, түйе, сүўен, күйеў, түўел, қуйы, суйық, күйик, ҳәм т.б.

Даўыссыз ҳәриплер - б, д, г, ғ сөздиң ақырында сәйкес п, т, к, қ болып айтылған менен ол жазыўда есапқа алынбайды. Мысалы: клуп, штап, Волгограт, педагок, шад, әўлад, бақ болып айтылса да, клуб, штаб, Волгоград, педагогог, шад, әўлад, бағ - түринде жазылады. Ал олар сөздиң басында, ортасында еситилген жеринде жазыла береди.

Тек орыс тилинен кирген сөзлерде ғана ушырасатуғын даўыссыз сес ушын в ҳәриби қабыл етилген. Бул ҳәрип түпкиликли сөзлерде ушыраспайды. Мысалы: вагон, ванна, автобус, витамин ҳәм т.б. Бирақ бул таңба аңлататуғын ерин- лик-тислик даўыссыз в сеси көпшилик тәрепинен түпкиликли сөзлерде жумсалатуғын қос еринлик б түринде айтылады. Усындай жағдайларды есапқа алып, жаңа әлипбеге өтиў дәўиринде басқа тиллердиң тәжирийбелерин де итибарға

143

ала отырып, сырттан кирген сөзлер ушын жалғыз бир ҳәрип таңбасын (в) қабыл етпей-ақ, оның хызметин түпкиликли сөзлерде жумсалатуғын қарақалпақ тилиниң фонемалық қурамында бурыннан бар қос еринлик даўыссыз сести аңлататуғын б ҳәрибине жүклеў мүмкин еди. Жаңа латынласқан қарақалпақ әлипбесинде ш таңбасы түпкиликли сөзлерде жумсалатуғын ш сесин аңлатыў менен (шаш, шана) бирге ол сырттан кирген шорс, шйотка, шехов, шех, шек сыяқлы сөзлерде де жумсалады. Солай етип бурынғы кириллицадағы ш, щ, ч таңбаларының үшеўиниң хызметин бир қосарлы таңба-ш атқарады. Бул қарақалпақ тилиниң аўызша ҳәм жазба нызамлылықларының сақланыўы ушын хызмет етип тур. Усындай етип б таңбасына да бурынғы кириллицадағы б ҳәм в ҳәриплериниң екеўиниң хызметин жүклеў мүмкин еди. 1940-жылы кириллицаға өткен дәўирдиң өзинде орыс тилинен кирген сөзлерде қолланыў ушын қарақалпақ әлипбесине в, ц, ч, щ таңбаларының қабыл етип алыныўының өзи қәте еди. Бундай қарақалпақ тили ушын жат ҳәриплердиң алыныўы арқалы тилимиздиң сеслик нызамларының бузылыўына жол қойылған еди. Бул қәтелик жаңа латынласқан қарақалпақ әлипбесине өтиўде жартылай ғана дүзетилди: бурынғы кирилл әлипбесиндегидей ц, ч, щ ҳәриплерине сәйкес келетуғын айрықша таңбалар алынбады, ал кириллицадағы в таңбасына сәйкес келетуғын в ҳәриби қабыл етилди.

144

Мазмуны

Алғы сөз……………………………................................................................... 3

Фонетика - тил сеслери ҳаққында илим

§1. Фонетиканың изертлеў объекти………………........................................ ..5

§2. Фонетиканың әҳмийети ҳәм тил билиминиң басқа тараўлары менен байланысы..............................................……………........................ 6

§3. Фонетиканың тараўлары.............................................………………….... 9 §4. Фонетиканың изертлеў усыллары. ..................................…………….... 11

§5. Фонетиканың изертлеў аспектлери ҳаққында түсиник...............……... 12 §6. Фонетиканың акустикалық тәрепи. Тийкарғы акустикалық түсиниклер……………………………………………………...13

§7. Фонетиканың физиологиялық тәрепи. Сөйлеў ағзалары.............……...17

§8. Фонетиканың лингвистикалық тәрепи. .................................…………..24

Даўыслы ҳәм даўыссыз фонемалар

§9. Даўыслы ҳәм даўыссыз фонемалардың айтылыў өзгешелиги.........…..28

Даўыслы фонемалар

§10. Даўыслылардың фонемалық қурамы..................................…………… 30 §11. Даўыслылардың фонемалық системасы................................………….37 §12. Дифтонглар. .........................................................………………………. 44 §13. Айырым туйық дифтонглардың фонемалық қурамы...................….... 45 §14. Айырым ашық дифтонглардың фонемалық қурамы ..................……. 47 §15. Даўыслылардың артикуляциялық ҳәм акустикалық сыпатламасы .... 52 §16. Даўыслы [е] фонемасының сыпатламасы..............................………... 56 §17. Даўыслы [и] фонемасының сыпатламасы..............................……….. 57 §18. Даўыслы [ә] фонемасының сыпатламасы.............................………... 59 §19. Даўыслы [ү] фонемасының сыпатламасы............................………... 60 §20. Даўыслы [ө] фонемасының сыпатламасы............................………... 61 §21. Даўыслы [а] фонемасының сыпатламасы. ...........................………. 62 §22. Даўыслы [ы] фонемасының сыпатламасы ..............................……...64 §23. Даўыслы [у] фонемасының сыпатламасы.............................………. 65 §24. Даўыслы [о] фонемасының сыпатламасы............................………. 65 §25. Даўыслылардың классификациясы...................... .............…………. 68

Даўыссыз фонемалар

§26. Даўыссызлардың фонемалық қурамы........…………........................ 71 §27. Даўыссызлардың фонемалық системасы..................………............. 81 §28. Қабатласқан даўыссызлар..........................................………………..... 88 §29. Даўыссызлардың артикуляциялық ҳәм акустикалық сыпатламасы... 93 §30. Еринлик даўыссыз фонемалардың сыпатламасы.......................…….. 96 §31. Тил алды даўыссыз фонемаларының сыпатламасы....................…... 100 §32. Тил ортасы даўыссыз фонемасының сыпатламасы....................…... 106 §33. Кишкене тиллик-тил арты даўыссыз фонемаларының сыпатламасы………………………………………………………………... 107 §34. Кишкене тиллик даўыссыз фонемалардың сыпатламасы...........….. 108

145

§35. Көмекей даўыссыз фонемасының сыпатламасы ...................………. 109 §36. Даўыссыз фонемалардың классификациясы.........................……….. 110

Тийкарғы фонетикалық нызамлар

§37. Сеслердиң фонетикалық өзгерислери ҳаққында.....................……… 115 §38. Сингармонизм - қарақалпақ тилиниң тийкарғы сеслик нызамы...... .116 §39. Буўын қурылысындағы сингармонизм.............................…………... 119 §40. Даўыслылар сингармонизми........................................……………… 127 §41. Морфемалар шегарасындағы даўыссызлар сингармонизми........…. 138 §42. Диссимиляция қубылысы..........................................………………... 147

Сөз қурылысындағы айырым сеслик қубылыслар

§43. Редукция қубылысы.................................................………………….. 149 §44. Элизия қубылысы....................................................…………………... 151 §45. Эпентеза қубылысы..................................................………………….. 152 §46. Протеза қубылысы.....................................................…………………. 153 §47. Эпитеза қубылысы....................................................………………….. 154 §48. Метатеза қубылысы...................................................………………… 154

Буўын

§49. Буўынның жасалыўы......................…………………............................ 154 §50. Буўынға бөлиў....................................................………………………. 156 §51. Буўынның түрлери..................................................…………………… 157 §52. Қарақалпақ тилинде сөзлик пәт мәселеси.........................…………... 161

Орфоэпия

§53. Орфоэпия ҳаққында түсиник.......................................………………. 166 §54. Айырым даўыслы сеслердиң айтылыўы.................................………. 169 §55. Айырым даўыссыз сеслердиң айтылыўы...............................………. 171 Жазыў ҳәм имла..........................................................……………………… 172 §56. Жазыў ҳәм оның әҳмийети.......................................…………………. 172 §57. Жазыўдың тарийхынан мағлыўмат.................................……………. 174 §58. Жазыў................................... ............................………………………..176 §59. Әлипбе.................................... .........................………………………. 178 §60. Имла..............................................................……………………….… 182 §61. Айырым ҳәриплердиң жазылыўы.......................................………… 184